Гезектеги «Лекторий» концерт Кегийли районында

Гезектеги «Лекторий» концерт Кегийли районында

Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими жәмәәтиниң, гезектеги дөретиўшилик сапары Кегийли районында  болып өтти.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл, 2-февралдағы 112-санлы қарарындағы, елимизде көркем өнер ҳәм мәденият тараўын еледе раўажландырыў ҳәм жаслар турмысында кеңнен ен жайдырыў мақсетинде, өткерилип атырған бул «Лекторий» кешелерде филармония хызметкерлери де турақлы түрде белсене қатнасып келмекте.
Атап айтқанда, Кегийли районы 4-37-38-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде Қарақалпақстан халық жыраўы Ж.Пиязов, филармонияның хош ҳаўаз ийелери У.Дошбаев, Г.Сайтова, сазенде А.Каримовлар мийманда болып, әмелий ҳәм теориялық сабақлар өтип, оқыўшыларда көркем өнер тараўына айрықша қызығыўшылық оятты.

You may also like...