Күни кеше Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Лаққылар ҳәм ушырма сөз шеберлери»ниң республикалық таңлаўы болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, марҳум Шамурат Өтемуратов туўылғанының 95 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында өткерилген таңлаўға республикамыздың қала ҳәм райрнларынан жигирмадан аслам  талант ийелери қатнасты.
Жуўмағында Тахтакөпир районынан Атабек Төлепбергенов, Шоманай районынан Мухан Наўрызов ҳәм   Қурбанбай Аллашевлар, әмиўдәрьялы   Қудрат Матсапаев, Кегейли районынан Айбек Караматдинов пенен  Әжинияз Султаниязовлар жеңимпазлар қатарынан орын алды.

You may also like...