
«Қарақалпақфильм» киностудиясының директоры тайынланды
Усы жылдың 25-июль күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында қарақалпақ киносын раўажландырыў, оны жаңа басқышларға алып шығыў бойынша жыйналыс болып өтти.
Оған Өзбекстан Кинематография агентлиги директори Ш.Ризаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарекеев қатнасты.
Сондай-ақ, жыйналыста Абдикаликов Икрам Ережепбаевичти «Қарақалпақфильм» киностудиясының директоры лаўазымына тайынлаў мәселеси қарап шығылды.
Усынылған талабанды бир қатар көркем өнер ҳәм мәденият тараўы хызметкерлери қоллап-қуўатлап, шығып сөйледи.
Илажда Абдикаликов Икрам Ережепбаевич «Қарақалпақфильм» киностудиясының директоры лаўазымына тастыйықланды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, И.Абдикаликов март айынан баслап «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң директоры лаўазымында жумыс ислеп киятырған еди.
