
2021-жылы республикамызда Өзбекстан Қаҳарманы,Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов атындағы әдебият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў жәмийетлик фонды өз жумысын баслады. Фонд тәрепинен Евроазия фонды жәрдеминде АҚШ халықаралық раўажландырыў агентлиги(USAID) тәрепинен қаржыландырылған «Орайлық Азия социаллық инновация бағдарламасы» шеңбериндеги
«Жаңаша көз-қарас» жойбары өз жумысын баслады. Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбардың тийкарғы мақсети елимиздиң бай тарийхы, мәденияты менен бирге «Саҳра Лувры» атанған музейимизди дүнья жүзине кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.
