«Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы» жеңимпазлары сыйлықланды

Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы» жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, кубог жарысларында жеңимпаз болған командалар ҳәм спортшыларды бүгинги жеңиси менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында спортты раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар бүгинги күнде олар арасынан озық-ойлы, елимиз раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосатуғын ҳәм мәмлекетимиз байрағын дүньяға танытатуғын спортшылардың жетилисип шығыўына тийкар болмақта.

You may also like...