«ХАЛЫҚ САЗЛАРЫ» ОРКЕТРИНИҢ 65 ЖЫЛЛЫҒЫ БЕЛГИЛЕНДИ

«ХАЛЫҚ САЗЛАРЫ» ОРКЕТРИНИҢ 65 ЖЫЛЛЫҒЫ БЕЛГИЛЕНДИ
Бүгин пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан мәмлекетлик филармонисы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң «Халық сазлары» оркестри шөлкемлестирилгенлигиниң 65 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Оған тараў ўәкиллери, кең жәмийетшилик ўәкиллери, нураныйлар менен жаслар, ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаевлар сөзге шығып, «Халық сазлары» оркестриниң қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў жолындағы орны айрықша екенлигин атап өтип, филармония жәмәәтин юбилей менен қызғын қутлықлады.
Юбилей мүнәсибети ҳәм мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўдағы нәтийжели хызметлери ушын «Халық сазлары» оркестриниң бас дирижёры С.Реймов, оркестр сазенделери Б.Қутлымуратов, А.Каримовлар Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.Сондай-ақ, бир топар филармония хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң «Ҳүрмет жарлық» лары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Илаж «Халық сазлары» оркестри ҳәм елимизге белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
