
Ҳүрметли ўатанласлар, қәдирли кәсиплеслер!
Бәршеңизди елимизге кирип келген Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Меҳир-мириўбет, қайыр-сақаўат сыяқлы инсаныйлық пазыйлетлер улығланған мүбәрек Рамазан айында белгиленип атырған Наўрыз байрамы миллий қәдириятларымыздың ҳақыйқый тымсалы саналады.
Әзелден мийрим-шәпәәтли, мийнетсүйгиш халқымыз кеўлине жақсылық нурларын таратып атырған бул пайызлы күнде дийқанларымыз жерге жақсылық туқымларын сеўип, халқымыздың дәстурханына берекет тилейди. Миллий қәдириятларымыз, дәстүрлеримиз кеңнен үгит-несиятланады.
Гүллән халқымызға жаңа күн, жаңаланыў әйямы-Наўрыз мүбәрек болсын. Елимиз тыныш, аспанымыз ашық болсын.
Усындай қуўанышлы күнлерде халқымызға байрам кейпиятын инам етип, саз-сәўбети, бийтәкирар дөретиўшилиги менен халқымыз кеўлине көтериңкилик бағышлап атырған филармониямыз жәмәәтине табыслар тилеймен.
Байрамыңыз қутлы болсын!
Айдосбек Бекпанов,
Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими директоры
