Ҳүрметли ўатанласлар, қәдирли ҳаял-қызлар! Бәршеңизди 8-март- Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Жаратылыс тымсалы болған ҳаял-қызларымыз өмиримиз даўамшысы, шаңарағымыздың берекети саналады. Жәмийетимизде өзлериниң белсендилиги, айрықша искерлиги менен мийнет етип атырған мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери қатарында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларымыздың хызметлери де айрықша мақтаўға ылайық. Ўақыт пенен санаспай халқымызға хызмет етип, тараўымыздың раўажланыўы, әсиресе, филармониямыз жумысларының алға өрлеўинде етип атырған хызметлериңизди қәдирлеймиз. Жаңа дөретиўшилик искерлигиңиз бенен жоқары шыңларға өрлеўиңизге тилеклеспиз.

Әдиўли аналар, гөззалық тымсалы болған ҳаял-қызлар! Бәршеңизди және бир мәрте бүгинги байрам менен қутлықлап,  сизлерге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға аманлық, жумысларыңызда  тасқын-табыслар тилеймен.

Айдосбек Бекпанов,
Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими директоры.

You may also like...