Ҳүрметли ўатанласлар, әзиз дослар, қәдирли кәсиплеслер!

Бәршеңизди елимизге кирип келген Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Өткен «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» гүллән халқымыз, әсиресе, мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ушын табыслы жыллардан бири болды. Солар қатары республикамызда ең алдығы дөретиўшилик жәмәәтлерден бири болған Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ушын да жетискенликлерге бай болды. Жыл даўамында жәмәәтимиз республикамызда өткерилген барлық байрам салтанатларында, халықаралық фестивальларға табыслы қатнасып, дөретиўшилик сапарларды әмелге асырды. Филармониямыз репертуары жаңа дөретпелер, жаңа композияциялар менен байыды. Дөретиўшилик жәмәәтимиз республикалық көлемде көплеген табысларға еристи. Ҳүкиметимиз тәрепинен жыл даўамында филармониямыз дөретиўшилериниң мийнетлери мүнәсип баҳаланды. Жыл жуўмағында жәмәәтимиз «Жылдың ең белсенди дөретиўши жәмәәти» атанды. Әлбетте, бундай табыслар бәршемизди жаңа дөретиўшилик ислерге баслайды. Кирип келген жаңа жыл да жәмәәтимиз алдына үлкен мақсетлерди қойып, елимиздиң мәдениятын, көркем өнерин раўажландырыўды нийет еткен.

Қәдирли дослар, әзиз кәсиплеслер! Және бир мәрте бәршеңизди байрам менен қутлықлайман.Елимиз тыныш, аспанымыз ашық болып, шаңарақларыңыздан аўызбиршилик арымасын.

Айдосбек Бекпанов,
Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими директоры.

You may also like...