Ҳүрметли ўатанласлар, қәдирли кәсиплеслер!

Ҳүрметли ўатанласлар, қәдирли кәсиплеслер!
Бәршеңизди бүгинги кәсиплик байрамыңыз 15-апрель- Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни менен шын жүректен қутлықлайман.
Миллий мәдениятымызды, бийтәкирар көркем өнеримизди жәҳәнге танытыўда дөретиўшилик етип, ўақыт пенен санаспай халқымыз хызметине тақ турып мийнет етип атырған тараў хызметкерлери арасында филармониямыздың техник хызметкерлеринен баслап дөретиўшилик жәмәәтлер, админстрация хызметкерлериниң мийнетлери айрықша мақтаўға ылайық.
Қәдирли кәсиплеслер! Және бир мәрте бүгинги кәсиплик байрамыңыз бенен қутлықлап, шаңарақларыңызға аманлық, беккем денсаўлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда табыслар тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Айдосбек Бекпанов
