Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Ләзги” халықаралық фестивалын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында”ғы ПҚ-4843-санлы қарарына муўапық усы жылдың 25―30-апрель күнлери Хорезм ўәлаятында “Ләзги” II халықаралық фестивалы болып өтеди.

Усы халықаралық фестивальда Өзбекстан Республикасы атынан қатнасатуғын қатнасыўшыларды анықлаў мақсетинде республикамыз бойлап таңлаўдың аймақлық басқышлары өткерилмекте.

Пайтахтымыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде “Ләзги” халықаралық ойын фестивалына бағышланған республикалық таңлаў болып өтти. Оған отызға жақын талантлы жаслар ҳәм ойын ансамбльлери қатнасты.

You may also like...