БАС МАҚСЕТ-ХАЛЫҚТЫҢ ТУРМЫС ДӘРЕЖЕСИН ЖАҚСЫЛАЎ
Нөкисте Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Баслы мақсетимиз–халқымыздың турмыс дәрежесин буннан да жақсылаў» сүрени астында сайлаўалды үгит–нәсият илажы болып өтти. Илажда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Х.Ешимбетов, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы Н.Матякубова, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты С.Қайыпназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде усы жылдың...
